Бозатаў районы аймағында Өзбекстан Республикасы «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети, Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги, «Миллий тикланиш» демократиялық партияси, Өзбекстан Экологиялық партиясы, «Қарақалпақстан электр тармақлары аймақлық кәрханасы» акционерлик жәмийети, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайы тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген «1 миллион терек» акциясы өткерилди Республикамызда даўам етип атырған «Жасыл мәкан» улыўма миллий ҳәрекетине салмақлы үлес қосыў, соның менен бирге, 2019-жылда басланған қайырлы ислерди даўам еттириў мақсетинде өткерилген акцияда республикамыздағы министрликлер, мәкеме, шөлкемлер, жаслар ҳәм жеке пуқаралар белсене қатнасты. Бул ушын Аралбойы халықаралық инновациялық орайы тәрепинен 1000 түп саяманлы терек нәли жеткерип берилди. Мағлыўмат ретинде атап өтиў керек, «1 миллион терек» акциясы Өзбекстан Республикасы «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң басламасы менен жоқарыда атап өтилген шөлкемлер менен биргеликте 2019-жылы 24-октябрьде басланған еди. Оның мақсети, елимиздиң барлық елатлы пунктлерин көклемзарластырыў арқалы жәмийетшиликтиң дыққатын елимиздеги экологиялық машқалаларға қаратыўдан ибарат. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайының участкасында 100 ден аслам ийне жапырақлы терек нәли отырғызылды. Акцияның кейинги басқышы өткен жылы Мойнақ районында даўам етти. Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылып атырған «Жасыл мәкан» улыўма миллий ҳәрекети шеңберинде өткерилип атырған көклемзарластырыў акциясы Аралбойы аймағындағы экологиялық машқалалалардың унамсыз тәсирин жумсартыўға өзиниң үлесин қосатуғынына исенемиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги