Кейинги жылларда Өзбекстан ҳәм Китай басшылары ортасында мәмлекетлерди және де жедел раўажландырыў, оның халық аралық позициясин беккемлеў, соның менен бирге, пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўға қаратылған кең көлемли өзгерислер туўрысында шәртнама ҳәм питимлер дүзилди. Китай -Өзбекстан мүнасибетлери жедел раўажланып, өз-ара шериклик барлық тараўларда беккемленип барып атыр. Орай Ел басшысымыз ғайраты менен шѳлкемлестирилген ҳәм Президентимизнинг Аралбойы халқының турмыс сапасын асырыўға қаратылған сиясатын избе-из әмелге асырып атырғанын инабатқа алып, 2024-жыл 25-апрел күни хызмет сапары менен Өзбекстандағы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министрлиги жанындағы Аралбойы халық аралық инновция орайында Китай Халық Республикасының Саўда -экономикалық мәселелери бойынша елши мәслаҳәтшиси Лиу Ян басшылығындағы делегатсия ағзалары менен ушрасыу болып ѳтти. Сапардан мақсет қаржы киргизиўдиң жең перспективалы бағдарлары менен танысыў ҳәм өз-ара шерикликти және де раўажландырыўдан ибарат еди. Сапар шеңберинде делегатсия Аралбойы халық аралық инновциялық орайы искерлиги, соның менен бирге, Китай Пәнлер академиясы Шинжон екология ҳәм география институты менен шерикликте әмелге асырылып атырған жойбарлар менен танысты. Нәтийжеде делегатсия аймақты раўажландырыў ушын инвеститсия жойбарларын тартыў бағдарлары менен қызықты. Өз гезегинде орай директоры Б. Хабибуллаев делегатсияга Өзбекстан Президенти ғайраты менен Арал теңизиниң қуриган түби ҳәм Аралбойында екологик машқалаларды жумсатыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди. Жергиликли ҳәм халық аралық шөлкемлер менен шерикликте әмелге асырылып атырған жойбарлар, регионда искерлик жүргизеип атырған Китай илимий институтлары, шөлкем ҳәм компаниялары менен шериклик байланыслары ҳаққында мағлыўматлар берилди. Буннан тысқары, Б. Хабибуллаев суўды тежеў технологиялары саласында шериклик қылыў, қәнигелер потенциалын асырыў, өз-ара тәжирийбе алмаслаў ҳәм шөллениўге қарсы гүресиў бойынша усынысларды илгери сүрди. Ушырасыў жуўмақлары бойынша хүрметли Лиу Ян Арал теңизи кризиси менен байланыслы екологик, економикалық және социал машқалаларди шешиў бойынша шериклик нәтийжелерин баҳалаб, суў тежеўши технологиялар, ықлымды қорғаў, әтирап -орталықты қорғаў саласында ҳәм жасыл економиканы раўажландырыў жаңа жойбарларды әмелге асырыў келешеклерин айтып өтди. Китайдың шөл жерлерин кѳклемзарластырыў тәжирийбесин үйрениў, терек жетистириў бойынша инновциялық жантасыўларды әмелге асыпыў ушын инвесторларды кызыктырыў ҳәм қәнигелердиң әмелият өтиўин айтып өтти.
Полезные ссылки
Ózbekistan Respublikası Ekologiya, qorshaǵan ortalıqtı qorǵaw hám ıqlım ózgeriwi ministrligi janındaǵı Aralboyı Xalıq aralıq innovatsiya orayı
Адрес: ССГ Саманбай, Нукус 230100, Республика Каракалпакстан, Узбекистан
Телефон: +998 (61) 225-74-56
Эл. почта: info@iic-aralsea.uz, iic-aralsea@exat.uz
Режим работы: Понедельник-Пятница, с 09:00 до 18:00
Открыть в яндекс.карты