Жоқарғы Кеңес Президиумының қарары менен мәмлекетлик сыйлықлар тапсырылды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы мүнәсибети менен елимиздиң раўажланыўы жолында аянбай мийнет етип атырған, ғәрезсизлигимизди еле де беккемлеў, өсип киятырған жас әўладты Ана-Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўда жемисли мийнет етип атырған бир қатар ўатанласларымызды сыйлықлаў мәресими болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ғәрезсизлигимиздиң отыз еки жыллығы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады ҳәм соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли дөретиўшилик жумыслары ҳәм турмысқа енгизилип атырған реформалар ҳаққында кең түрде атап өтти. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ҳәм Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Р.Сапарбаевлар қатнасты. Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарына муўапық, елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолындағы пидәкерли мийнетлери, жәмийетимизде миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты беккемлеў, жас әўладты Ўатанды сүйиўшилик ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў ҳәмде жәмийетлик-сиясий турмыстағы белсендилиги ушын бир топар ўатанласларымыз ҳүрметли атақлар ҳәм көкирек белгилери, Жоқарғы Кеңестиң Ҳүрмет Жарлығы менен сыйлықланды ҳәм бул сыйлықлар өз ийелерине тапсырылды.

Источник информации: joqargikenes.uz

Loading

Полезные ссылки

Ózbekistan Respublikası Ekologiya, qorshaǵan ortalıqtı qorǵaw hám ıqlım ózgeriwi ministrligi janındaǵı Aralboyı Xalıq aralıq innovatsiya orayı

Адрес: ССГ Саманбай, Нукус 230100, Республика Каракалпакстан, Узбекистан

Телефон: +998 (61) 225-74-56

Эл. почта: info@iic-aralsea.uz, iic-aralsea@exat.uz

Режим работы: Понедельник-Пятница, с 09:00 до 18:00

Открыть в яндекс.карты