Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында Арал теңизиниң қурыған ултанында жасыл аймақларды пайда етиў бойынша гезектеги жумыслар басланды Сонғы жыллары Арал теңизи қурып кетиўиниң унамсыз ақыбетлерин жумсартыў, теңиздиң қурыған түбинде жасыл қапламаларды пайда етиў ҳәмде дегредацияға ушыраған жерлерде экосистеманы тиклеў, Аралбойы аймағын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин еледе жақсылаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына болған сапарында Арал теңизиниң қурыған майданларында «Жасыл қапламалар» – қорғаў тоғайларын пайда етиў, аймақтағы экологиялық жағдайды жақсылаў, зыянлы дуз ҳәм шаңлардың Арал теңизиниң ултанынан көтерилиўиниң алдын алыў мақсетинде бир қатар тапсырмалар белгилеп берилген болып, усы тийкарда әмелий жумыслар баслап жиберилди. Басланған жумысларда ҳәр жылы Республика ўалаятларынан келген көмекшилер, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Абаданластырыў басқармалары ҳәм жергиликли пуқаралар қатнасып, бүгинги күнге шекем, яғный, 2018-2022-жыллар даўамында жәми 1 млн. 624 мың гектар майданларға шөл өсимликлери егилди. Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында 2023-жылғы сексеўил егиў мапазы баслап жиберилди. Илаждың ашылыў мәресиминде республикамыз басшысы шығып сөйлеп, барлық мийнеткешлерге машақатлы, соның менен бирге мақтанышлы жумысларында табыслар тиледи. Сондай-ақ, илажда Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Абаданластырыў басқармалары, Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлери, бир қатар механизаторларға егис мапазын шөлкемлестириў жумысларында көрсеткен белсендилиги ушын баҳалы саўғалар тапсырылды. Онда республика көлеминдеги бир қатар тараў басшылары қатнасты. Арал теңизиниң қурыған ултанында «жасыл қапламалар» пайда етиў мақсетинде туқымларды жыйнаў ҳәм қорғаў тоғайлықларын пайда етиў жумысларына ҳәр жылы мың дана машина-механизмлер, 4 дана киши авиация ҳәм 2 мың 500 ден артық исши күши қатнасып келмекте. Бундай кең көлемли жумысларды быйылғы жылда да даўам еттириў мақсетинде Арал теңизиниң қурыған майданларына авиация, техника жәрдеминде туқым ҳәм нәл егиў жумыслары алып барылыўы белгиленип, жәми 100 мың гектар майданда тоғайзарлықлар пайда етиў жумыслары режелестирилген. Бугин усы ийгиликли баслама тийкарындағы жумыслар баслап жиберилди ҳәм аймаққа сексеўил, қандым, қарабарақ, черкез сыяқлы шөлге шыдамлы өсимликлер егиледи. Усы тийкарда «Арал шегинсе де, инсан шегинбейди деген жоқары идея әмелде турмысқа енгизилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети