“Жасыл Аралға қарай жол: Инновациялар ҳәм бирге ислесиў” Халықаралық жас илимпазлар форумы болып өтти

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайы ҳәмде Қытай Илимлер Академиясының Синцзян экология ҳәм география институты тәрепинен “Жасыл Аралға қарай жол: Инновациялар ҳәм бирге ислесиў” темасында 2022-жыл 16-декабрь күни Нөкис қаласында халықаралық жас илимпазлар форумы өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Утамбетов қатнасты. Форумда ресурслар, экология ҳәм қоршаған орталық тарўында халықаралық көлемде белгили еки эксперт илаж темасы бойынша академиялық лекция оқыды ҳәм илим-пәнниң алдынғы жетискенликлери ҳәмде өз тәжирийбелери менен бөлисти. Жаслар форумы сессиясында Арал теңизи бассейниниң турақлы раўажланыўы, жасыл ҳәм инновациялық технологиялардын илимий-изертлеў жумысларын раўажландырыў бойынша илимий жумыслар алып барып атырған 45 жасқа шекемги болған 9 жас илимпазлар лекция оқыды. Сондай-ақ, форумда тийисли тараў ўәкиллери, жоқары оқыў орынлары ҳәм басқа да бир қатар тараў ўәкиллери қатнасты. Жас илимпазларды оқытып, илим сырларын үйретиў мақсетинде 2 жас илимпаздың кандидаты таңлап алынды. Оларға “Жасыл Арал теңизиниң инновациялар ҳәм бирге ислесиў сыйлығы” тапсырылды ҳәм CAS (XIEG) олардың Қытайда қысқа мүддетли әмелиятын қаржыландырыўды өз мойнына алды. Өткерилген форумның тийкарғы мақсети илим-пән ҳәм технология арқалы Арал теңизиниң турақлы раўажланыўын қоллап-қуўатлаўға итибар қаратыў болып есапланады. Форум Арал теңизи бассейнинде турақлы раўажланыўға ҳәрекет етип атырған жас талант ийелери ушын халықаралық алмасыў ҳәм бирге ислесиў платформасын усынады, илимий ҳәм технологиялық раўажланыўдың сонғы тенденциялары менен бөлиседи, пәнлердиң өз-ара тәсири ҳәм интеграциясына көмеклесиў, көбирек көзге көринген жас илимпазларды Арал теңизин раўажландырыў бойынша инновацияларға өзин арнаўға хошаметлеў ҳәм Арал теңизиниң экологиялық басқарыўы ушын уқыплыларды қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси ахборот хизмати

 

Полезные ссылки

Ózbekistan Respublikası Ekologiya, qorshaǵan ortalıqtı qorǵaw hám ıqlım ózgeriwi ministrligi janındaǵı Aralboyı Xalıq aralıq innovatsiya orayı

Адрес: ССГ Саманбай, Нукус 230100, Республика Каракалпакстан, Узбекистан

Телефон: +998 (61) 225-74-56

Эл. почта: info@iic-aralsea.uz, iic-aralsea@exat.uz

Режим работы: Понедельник-Пятница, с 09:00 до 18:00

Открыть в яндекс.карты