«Ғǝрезсизлик жылларында Қарақалпақстан Республикасында, ǝсиресе Мойнақ районында ǝмелге асырылған тарийхый өзгерислер ҳǝм ерисилген жетискенликлерин жарытыўда ғалаба хабар қуралларының орны» атамасында семинар

Мойнақ районы Жаслар орайында «Ғǝрезсизлик жылларында Қарақалпақстан Республикасында, ǝсиресе Мойнақ районында ǝмелге асырылған тарийхый өзгерислер ҳǝм ерисилген жетискенликлерин жарытыўда ғалаба хабар қуралларының орны» атамасында семинар шөлкемлестирилди. Семинарда  Тоғай хожалығы комитети, Халық аралық Аралды қутқарыў фонды тәрепинен исленип атырған жумыслар ҳәмде Президент жанындағы Арал бойы  инновация орайы тәрепинен исленип атырған жумыслар презентациясы тийкарында көрсетилип түсиндирилди. Яғный, Арал теңизиниң тартылыўы ақыбетинде жүзеге келип атырған экологиялық апатшылықты жумсартыў, аўыл хожалығын раўажландырыўда инновациялық технологиялардан үнемли пайдаланыў ҳәм Әмиўдәрья дельтасында киши суў ҳәўизлерин пайда етиў бойынша исленген илажларға тоқтап өтилди.

Сондай-ақ, илажда сөзге шыққанлар соңғы жылларда Мойнақ районында  жергиликли турғынлардың жасаў шараятын раўажландырыў бағдарында әмелге  асырылған жумысларға тоқтап өтти.

Полезные ссылки

Ózbekistan Respublikası Ekologiya, qorshaǵan ortalıqtı qorǵaw hám ıqlım ózgeriwi ministrligi janındaǵı Aralboyı Xalıq aralıq innovatsiya orayı

Адрес: ССГ Саманбай, Нукус 230100, Республика Каракалпакстан, Узбекистан

Телефон: +998 (61) 225-74-56

Эл. почта: info@iic-aralsea.uz, iic-aralsea@exat.uz

Режим работы: Понедельник-Пятница, с 09:00 до 18:00

Открыть в яндекс.карты