Тазаланған ишимлик суў алтынға тең. Мойнақ районы “Тикөзек” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 7-санлы улыўма орта билим бериў мектеби имаратына суўды тазалаўшы үсенеси орнатылып берилди. Үскенени пайдаланыўға тапсырыў салтанатына Мойнақ районы ҳәкими Б.Менглибеков, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын раўажландырыўда нызамшылық орынланыўы үстинен қадағалаў басқармасы аға прокуроры М.Қосназаров қатнасты. Үскене Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Арал бойы халықаралық инновациялық орайы ҳәм Швецария мамлекетиниң “LATMA aded” бирлеспеси, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен имзаланған меморундумға муўапық тикөзекли пуқаралардың таза ишимлик суўға болған мүтәжлигин қанаатландырыў мақсетинде қурылды. Бундай үскене БМШтың Раўажландырыў бағдарламасы ҳəм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң биргеликтеги «Өзбекстанның қурғақшылқ районларында жайласқан фермер ҳəм дийқан хожалықларының ықлымға турақлылығын тəмийинлеў» жойбары тийкарында районымыздағы «Ҳəким ата» АПЖның «Әлий аўылы» ндағы 17-санлы ҳəм район орайында «Мойнақ» МПЖ аймағындағы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде де қурылған еди. Бул арнаўлы үскенелерде ислеп шығарылған таза ишимлик суўдан сол мектеплер жайғасқан аймақ халқы пайдаланатын болғанлықтан олар буннан миннетдар. Үскенеге суўды тазалаў процесинде қалған дузлы суўды гипохлорид натрий дизенфекциялаўшы суйықлығына айландыратуғын электролиз үскенелери орнатылған. Қурылған үскенелердиң экспуатациялаўда дурыс ислеўи ушын жуўапкер қəнигелер бекитилди. Ислеп шығарылған таза суўдың сапасын турақлы бақлаўға алыўды ҳəм гипохлорид натрий дизенфекциялаўшы суйықлығын қəўипсиз пайдаланыўды қадағалаўды районлық санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳəм жəмийет саламатлығы бөлими өз миннетине алды.
Мойнақ районы ҳǝкимлиги Мǝлимлеме хызмети @MuynakPress