Европа Аўқамы (кейинги орынларда ЕА) Өзбекстан ҳүкиметиниң саҳраға айланып атырған аймақты қайта тиклеў бойынша ҳәрекетлерине көмек ретинде усы жылдың ақырына шекем Арал теңизи түбине 27 мың түп нәл егиў миннетлемесин мойнына алады. Бул ҳаққында ЕАның Өзбекстандағы елшиси Шарлотта Адриан регионға сапар даўамында хабар берген. ЕА, оған ағза мәмлекетлер ҳәм Өзбекстан ўәкиллеринен ибарат 30 адамлық делегация Аралбойы регионына барды. Мойнақ ҳәм «Корабллер қойымшылығы»на сапардың дәслепки күнинде ЕА елшилери нәллердиң биринши комплексин отырғызды. Сол жерде регионның «жасыл» келешегинде ЕА ҳәм ағза мәмлекетлердиң үлесин ескертип турыўшы естелик тахташа да орнатылды. «Арал теңизиниң жоғалып кетиўи бул – миллий ҳәм халық аралық шегараларды да басып өткен апатшылық болып табылады. Европа жасыл курсы ҳәм Орайлық Азия бойынша ЕАның жаңа Стратегиясына муўапық, ЕА ҳәм ағза мәмлекетлер Өзбекстанды әтирап -орталық деградациясының алдын алыў ҳәм зыян көрген халықтың турақлылығын асырыў бойынша барлық умтылыс-ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлаўға таяр», – дейди Шарлотта Адриан. ЕА Аралбойы регионы ушын БМШның Инсан қәўипсизлиги бойынша Көп тәреплеме шериклик траст фондына 5 млн евродан зыят қаржы ажыратты. Жазылыўынша, бул тәбийғый апаттың унамсыз ақыбетлерин жумсартыў исине садықлық белгиси есапланады. «Солай етип, биз келеси «жасыл» инвестициялар ҳәм экосистеманың Арал теңизи регионында турақлы турмыстың жақсыланыўы ушын мүмкиншилик жаратылыўына үмит етемиз», – дейди Европа аўқамы елшиси.
Полезные ссылки
Ózbekistan Respublikası Ekologiya, qorshaǵan ortalıqtı qorǵaw hám ıqlım ózgeriwi ministrligi janındaǵı Aralboyı Xalıq aralıq innovatsiya orayı
Адрес: ССГ Саманбай, Нукус 230100, Республика Каракалпакстан, Узбекистан
Телефон: +998 (61) 225-74-56
Эл. почта: info@iic-aralsea.uz, iic-aralsea@exat.uz
Режим работы: Понедельник-Пятница, с 09:00 до 18:00
Открыть в яндекс.карты