Усы жылдың 28-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайының «Саманбай» илимий-өндирислик участкасында «Суўғарыўда «Buried diffuser» инновациялық технологияларын қолланыў» атамасында семинар-тренинг болып өтти.
Аралбойы халықаралық инновация орайының басламасы менен шөлкемлестирилген илажда БМШтың Арайбойы аймағы ушын көпшериклик Траст фонды тәрепинен қаржыландырылып, БМТның Раўажланыў Бағдарламасы, ЮНФПА ҳәм ФАО шөлкемлериниң «Арал бойы аймағында қорғаўға мүтәж жәмийетшиликте экономикалық ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги машқалаларын шешиўде жаслар ҳәм қорғаўға мүтәж халықтың бейимлесиў потенциалын беккемлеў арқалы дөретиўшилик ҳәм инновациялық имканиятларды раўажландырыў» биргеликтеги бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылмақта
Тийисли тараў басшылары менен дийқан-фермерлер қатнасқан семинар-тренингте атап өтилгениндей, «Buried diffuser» инновациялық технологиясы қурғақшылық ҳәм оның тәсирине ушыраған ҳәм бул бойынша жетерли тәжирийбеге ийе Тунис мәмлекетинде ислеп шығарылған жер асты суўғарыў технологиясы болып, бул усыл тамшылатып суўғарыў ушын зәрүр болған суў ресурсының тең ярымын сарплап, зүрәәтлиликти болса 3-5 есеге арттырыў имканиятын береди. Бул система мийўе тереклери, палыз егинлери ҳәм контейнерлерде өсирилетуғын өсимликлерди суўғарыў ушын қолланылыўы мүмкин. Өзбекстанда суўды үнемлеўши бул технологияның ойлап табыўшысы тунислик доктор Беллачхеб Чахбани қатнасында өткерилген көргизбели оқыў-семинары ҳәм дала тренингинде суўдан үнемли ҳәм нәтийжели пайдаланыў, қурғақшылық ақыбетлерин жумсартыў ҳәм климат өзгериўине бейимлесиўши инновациялық технологиялар менен таныстырды. Бунда тийкарынан «көмилген диффузор» менен ислеў өзгешеликлери, суўғарыў суўын фильтрлеў ҳәм бөлистириў системалары, суйық төгинлерди гравитациялық инъекциялаў, суўғарыў суўына атмосфера ҳаўасын жеткерип бериў, суў жеткерип бериўди басқарыўдың интеллектуаллық системалары ҳәм басқа да тийисли илажлар ҳаққында сөз етилди. Системада сымсыз сенсорлар ҳәм трансмиттер технологиясынан пайдаланылады.