Усы жылдың 2-ноябрь күни Министрлер Кабинетинде Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында «Жасыл мәкан» улыўма халықлық жойбарын енгизиў ҳәмде тереклер егиў, тәрбиялаў ҳәм көклемзарластырыў системасын нәтийжели шөлкемлестириў ис-иләжлары анализи ҳаққында видеоселектор жыйналысы өткизилип, 2021-жыл гүз ҳәм 2022-жыл қыс мәўсимлеринде декоратив, мийўели дарақ ҳәм путалы өсимликлер нәллерин егиў ўазыйпасы қойылды. Жойбар шеңберинде ҳәр жылы 200 миллион терек егиў, сол арқалы қала ҳәм районлардағы жасыл майданларды ҳәзирги күндеги 8 проценттен 30 процентке көбейтиў режелестирилгени атап өтилди. Быйылғы жылдың 10-декабр сәнесине шекем елимизде «Әҳмийетли 40 күнлик» жәрияланды. Усы ўазыйпаларды орынланыўын тәмийинлеў, бүгин Республикамызда даўам етип атырған «Жасыл мәкан» жойбарына салмақлы үлес қосыў, соның менен бирге алдын 2019-жылда басланған қайырлы ислерди даўам еттириў мақсетинде бүгин 6-ноябрь күни Бозатаў районы аймағында Өзбекстан Республикасы «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети, Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы, Өзбекстан экологиялық партиясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайы менен биргеликте шөлкемлестириўи менен «1 миллион дарақ» акциясы өткизилмекте. Акцияда Қарақалпақстан Республикасының министрликлери менен шөлкемлери, басқада мекемелер, жаслар менен жеке пуқаралар да белсене қатнасты. Акцияда егиў ушын Аралбойы халықаралық инновация орайы тәрепине 1000 түп декортив терек нәллери жеткизип берилди. Мағлыўмат ретинде айтып өтиў орынлы, «1 миллион дарақ» акциясы Өзбекстан Республикасы «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң басламасы менен, жоқарыда атап өтилген министрлик ҳәм шөлкемлер менен шерикликте 2019-жылдың 24-октябринде басланған еди. Оның мақсети елимиздиң барлық елатлы пунктлерин көклемзарластырыў ҳәм бул арқалы жәмийетшиликтиң дыққатын ҳәзирги күндеги елимиздеги экологиялық машқалаларға қаратыўдан ибарат. Бул акция шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайы участкасында 100 ден аслам ийне жапырақлы терек нәллери отырғызылған еди. Акцияның кейинги басқышы Мойнақ районында даўам еттирилип, 2020-жылдың 6-ноябрь күни Аралбойы халықаралық инновация орайының Мойнақ районында жайласқан «Мойнақ» илимий-ислеп шығарыў участкасында әмелге асырылып атырған «Аралдағы бағым» жойбары майданшасына көплеген декоратив ҳәм мийўели терек нәллери отырғызылды. Бүгинги елимизде Журт басшымыздың басламасы менен әмелге асырылып атырған «Жасыл мәкан» жойбары ҳәм өткизилип атырған көклемзарластырыў акциясы Аралбойы аймағындағы экологиялық машқалалардың унамсыз тәсирлерин жумсартыўға өзиниң салмақлы үлесин ҳәм елимиздиң көркине көрк қосатуғынлығы сөзсиз.
Полезные ссылки
Ózbekistan Respublikası Ekologiya, qorshaǵan ortalıqtı qorǵaw hám ıqlım ózgeriwi ministrligi janındaǵı Aralboyı Xalıq aralıq innovatsiya orayı
Адрес: ССГ Саманбай, Нукус 230100, Республика Каракалпакстан, Узбекистан
Телефон: +998 (61) 225-74-56
Эл. почта: info@iic-aralsea.uz, iic-aralsea@exat.uz
Режим работы: Понедельник-Пятница, с 09:00 до 18:00
Открыть в яндекс.карты