Президентимиз Шавкат Мирзиёев усы жыл 1-март күни Қытай Коммунистлик партияси Орайлық комитети сиясый бюросы ағзасы, Синцзянь-Уйғур автоном районы (СУАР) Парткомы секретары Ма Синжуй басшылығындағы ҚХР делегациясын қабыл етип, ушырасыўда Ѳзбекстан аймақлары ҳәм СУАР ортасындағы ѳз-ара пайдалы әмелий шерикликти жолға қойыў мәселелери кѳрип шығылған еди. Онда Ѳзбекстан аймақларында Қытайдың жетекши компаниялары қатнасыўында қайта тиклениўши энергетика, транспорт инфраструктурасын раўажландырыў, санаат парклери ҳәм аўыл хожалығы кластерлерин шѳлкемлестириў тараўларында қоспа жойбарларды әмелге асырыў бойынша сөз етилди. Ушырасыўда келисип алынған бирге ислесиў мәселелерин ҳәм Президентимиздиң Аралдың қурыған ултанында инновациялық усылларды қолланған ҳалда жасыл тоғайзарлықлар ҳәм жасыл қапламалы жайлаўлар жаратыў бойынша қойған ўазыйпаларын әмелге асырыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайы мирәти менен Қытай Илимлер Академиясына қараслы Синьцзян экология ҳәм география институтының бир топар илимпазлары Карақалпақстанға келди. Делегация менен ѳткерилген ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты ҳәм тәреплер ортасындағы бирге ислесиўлерди беккемлеў мәселелери кеңнен талқыланды. Онда инновациялық искерлик, әмелге асырылып атырған илимий-әмелий инновациялық жойбарлар, Аралбойы аймағындағы экологиялық машқалалар ҳәм олардың шешимин табыў илажлары ҳаққында кең түрде түсиник берилди. Ѳз нәўбетинде, Қытай илимпазлары тәрепинен Арал теңизиниң экологиялық басқарыўында фотовольтаик технологияны тажирийбе ҳәм кѳргизбели түрде кѳрсетип бериўге дыққат қаратқан ҳалда Қытайдың жетик инновациялық технологияларын қоршаған орталықты басқарыўға интеграциялаў, санаат конвергенциясы ҳәм технология интеграциясы арқалы Арал теңизиниң экологиялық машқалаларын шешиў бойынша экспериментлер ҳәм кѳргизбелер ѳткизиўге қаратылған жаңа инновациялық жойбардың презентациясы ѳткерилди. Ушырасыў шеңберинде баҳасы 500 мың АҚШ долларын қурайтуғын “Арал теңизи бассейниниң экологиялық тиклениўинде фотоэлектр қуяш энергиясын пайдаланыў тәжирийбесин қолланыў ҳәм кѳргизбели түрде кѳрсетип бериў” инновациялық жойбарын биргеликте әмелге асырыў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайы менен Синьцзян экология ҳәм география институты арасында келисимге қол қойыў мәресими болып ѳтти ҳәм жойбарға старт берилди. Жойбарды тийисли халықаралық ҳәм жергиликли шѳлкемлер менен биргеликте 2023-2025-жылларда әмелге асырыў кѳзде тутылған. Оның әҳмийетли тәрепи соннан ибарат, бул жойбар келешекте Аралбойы аймағындағы аўыллық пунктлеринде күшли шорланған жерлерде «фотоэлектрик + экологиялық» санаатты раўажландырыў тәжирийбесин тарқатыўға, киши ѳлшемдеги фотоэлектр станциялары менен энергия сақлаўшы қурылмалар орнатыў, қуяш панеллери астында галофит ҳәм шѳлге-шорға шыдамлы ѳсимликлерди ѳсириў арқалы жасыл раўажланыўға ҳәм булар арқалы халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўға хызмет етеди. Иләждан соң қытайлы делегация Нѳкис районындағы “KPC NUKUS HERBAL TECHNOLOGY” Ѳзбекстан-Қытай қоспа кәрханасында болып, боян тамыры ҳәм экстрактын Қытай мәмлекетине экспорт етиў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳәм жылына 300 тонна балық жетистириў қуўатлылығына ийе «Nukus agrofish klaster» ЖШЖ жумыслары көзден өткерилди. Делегация сондай-ақ, Академик Махмуд Мирзаев атындағы бағшылық, жүзимшилик, виношылық илимий-изертлеў институтының Кегейли районындағы станциясы интенсив бағын барып кѳрди. Болып ѳткен ушырасыўлардан соң мийманлар менен тараўларға инновациялық усыллар менен кѳнликпелерди кеңирек еңгизиў бойынша пикир ҳәм усыныслар бѳлисилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети